3 Октябр 2020 jıl 1651

Профилактика инспекторларына хызметте пайдаланыў ушын арнаўлы сумкалар тапсырылды.

Усы жылдың 3 октябрь күни Нөкис қаласында жайласқан Туран стадионында, Қарақалпақстан Республикасы қала ҳәм районлық ИИБлери профилактика инспекторларына пайдаланыў ушын арнаўлы сумкалар тапсырыў иләжы болып өтти.
Иләжға, Өзбекстан Республикасы ИИМ Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бас басқармасы баслығының биринши орынбасары подполковник Д.Азизов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармасы басшылары қатнасты.
Иләжда, бүгинги күнде мәмлекетимиз тәрепинен ишки ислер органларына, әсиресе, профилактика инспекторларының хызмет шараятларын жақсылаў бағдарында бир қанша пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилгенлигин, профилактика инспекторларының хызмет аймағынан үй-жайлар қурып берилгенлиги, жеңиллетилген кредитлер тийкарында автотранспортлар менен тәмийнленгенлиги айтып өтилди.
Хызметкерлер, тәрепинен жаратып берилген шараятлардан дурыс пайдаланып, макан пуқаралар жыйынларында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыўда аймақ белсендилери менен биргеликтеги жумысларды туўры жолға қойыў керек екенлиги айрықша атап өтилди.
Иләжда, 208 профилактика инспекторларына арнаўлы буйымлар менен жәмленген хызмет сумкалары тапсырылды.

 

Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети.

 

Text to speech