Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри орынбасары подполковник М.Т.Рахматуллаев тәрепинен, Мойнақ районы ИИБның жумысы үйренилди.
Усы жылдың 5-июнь күни министр орынбасары подполковник М.Т.Рахматуллаев тәрепинен Мойнақ районы 3-секторында пандемия ҳәм глобал экономикалық кризис шараятында халық бәнтлиги ҳәм пәрәўанлығын тәмийнлеў мақсетинде, жарлылықты қыстарыў, мүтәж шаңарақларға мәнзилли жәрдем көрсетиў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, жаңа инвестиция бағдарламаларын әмелге асырыў ҳәм барлық имканиятларды иске салған ҳалда жаңа жумыс орынларын көбейтиў мәселелеринде әмелге асырылып атырған жумыслары үйренилип, тийисли илажлар белгиленип алынды.
Сондай-ақ, Мойнақ районы белсендилери менен усы жылда жинаят қөп исленген мәҳалле яғный “Бозатаў” АПЖ да исленген урлық ҳәм бийзарылық жинаятлары додаланып, усы жинаятлардың келип шығыў себеплери ҳәм олардың ислениўине имкан берген шараятлары үйренилип, келешектеги жинаятлардың профилактикасы бойынша әмелге асырылыўы лазым болған ислер белгиленди. Және де, ушрасыўда пуқаралардың мүрәжатлары да көрип шығылды.
Министр орынбасары М.Т.Рахматуллаев Мойнақ районы ИИБ басшылары менен биргеликте, Мойнақ районы “Мадели” АПЖ аймағында жасаўшы Пробация есабында турыўшы, судланған жәрдемге мүтәж пуқараларға ҳәм “Бозатаў” АПЖ аймағында жасаўшы кем тәмийинленген шаңарақларға социаллық жәрдем көрсетти.
Буннан тысқары, сол күни М.Т.Рахматуллаев Қоңырат районы белсендилери менен усы жылдың 1-июнь күни, районның “Қыпшақ” АПЖ аймағындағы шаңарақлық келиспеўшиликлер себепли келип шыққан кеўилсиз жағдайлар додаланып, келешекте бундай кеўилсиз жүз бериўи мүмкин болған басқа да ҳуқуқбузарлық ҳәм жинаятшылықлардың алдын алыў бойынша ислениўи лазым болған ислер додаланып, кейинги ўазыйпалар белгиленди.
Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети