Қарақалпақстан Республикаси Ишки ислер министри полковник А.Ж.Темирхановтың Өзбекстан Республикаси ИИМ «Темурбеклер» әскерий академиялық лицейи оқыўшылары менен ушырасыўы болып өтти.
9 апрель Қарақалпақстан Республикаси Конституциясы ҳәм мәмлекетлик гербиниң қабыл етилгенлигиниң 28 жыллығы ҳәмде уллы саркарда, Әмир Темур бабамыз 685 жыллығы мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикаси Ишки ислер министри А.Ж.Темирхановтың Өзбекстан Республикасы ИИМ «Темурбеклер» әскерий академиялық лецейи оқыўшылары менен ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыў даўамында министр полковник А.Ж.Темирханов Конституциямыздың өмиримизде тутқан орны ҳаққында айтып мәмлекетлик гербимиздың жаралыў тарыйхы ҳаққында айтып өтти. Сондай ақ, ушырасыў даўамында, Конституциямыздың 50-сататьясында Өзбекстан Республикасын ҳәмде Каракалпакстан республикасын қорғаў –Қарақалпақстан Республикасының ҳәр бир пуқарасының миннети деп көрсетилгенлиги атап өтилди. Сондай ақ, ушырасыуда жасларға биз уллы бабалардын әулады екенлигимиз, буны тек мақтаныш етиў емес оларға мүнәсип әўләт болып жетилисиў кереклиги де жане бир мәрте угит насият етилди. Себеби , быйыл 685 жыллығы белгиленип атырған дүнья тән алған тарийхый шахс, сәркәрда Амир Темур бабамыздың уллы екенлигиниң сыры ол мамлекет баскарыўдағы күш-күдирети менен ғана емес илим-билимлендириў, әдебият, мәденият қулласы жамийеттиң раўажланыўына тәсири болған барлық тараўларга айрықша итибар қаратылып үлкен жаратыўшылық ислерди амелге асыра алғанлығында екенлиги жасларға үгит нәсият етилди.
Ушырысыў даўамында оқыўша жаслар тәрепинен берилген сораў ҳамде усынысларға толық жуўаплар берилди.
Қарақалпақстан Республикаси ИИМ Мәлимлеме хызмети.