30 Май 2020 jıl 1567

Өзбекистан Республикасы ИИМ Академиясы Басшы кадрларды таярлаў факулътетиниң баслығы менен ушырасыў.

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги мәжилислер залында ушырасыў болып өтти. Ушырасыўға Басшы кадрлар таярлаў факулътетитин тамамлап ишки ислер органларында хызмет қылып атырған ҳам ҳәзирги ўақытта факулътетте оқып, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер органларында әмелият өтеп атырған хызметкерлер ҳәм 2020 жылда усы факулътетке оқыўға тапсырып атырған хызметкерлер қатнасты

Ушырасыўда, Өзбекистан Республикасы ИИМ Академиясы Басшы кадрларды таярлаў факулътети баслығы полковник М.З.Зиёдуллаев ва Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары полковник И.Б.Ахмедовлар сөзге шығып, Басшы кадрларды таярлаў факулътети тыңлаўшыларының кәсиплик ҳәм жаўынгерлик таярлығын, ҳуқықый билимлерин арттырыў, басқарыўшылық көнликпелерин қәлиплестириў бағдарында бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылғанлығын, өз нәўбетинде Қарақалпақстан Республикасы ИИМ басшылары Басшы кадрларды таярлаў факулътетин тамамлаған хызметкерлерди жоқары лаўазымларға тайынлаўға айрықша итибар қаратылғанлығы, бул өз гезегинде басшы кадрларды таярлаў факулътетине оқыўға кириўди қәлеўши хызметкерлердиң санының артыўына алып келип атырғанлығын атап өтти.

Болып өткен ушырасыў даўамында қатнасыўшылардың қызықтырған сораўларына тийисли жуўаплар берилди.

        

        Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети.

Text to speech