Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри, полковник А.Темирханов ишки ислер уйымларында хызмет ўазыйпасын атқарыў ўақтында қайтыс болған хызметкерлериниң шаңарақларынан хабар алып, перзентлерин халықаралық балаларды қорғаў күни менен қутлықлады
Ғәрезсиз елимизде балалардың бахытлы келешеги ушын барлық шараят жаратылған. Әсиресе, «Меҳрибанлық үйи», арнаўлы мектеп-интернатларының тәрбияланыўшылары, бағыўшысын жоғалтқан жетим балаларды ҳәм хызмет ўазыйпасын атқарыў ўақтында қайтыс болған ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң перзентлерин социаллық қорғаўға айрықша итибар қаратылмақта. Соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жеке қурамы олардың ҳал-жағдайынан тез-тез хабар алып, ҳәр бир байрам сәнелеринде саўғалар тапсырып келмекте.
1-июнь- дүнья жүзи балаларының ең қуўанышлы күнлеринен бири есапланады. Быйылғы байрам коронавирус пандемиясы дәўирине туўра келмекте. Солай да болса, министрлик басшылары карантин қағыйдаларын қатаң сақлаған ҳалда, балалардың кеўиллерин көтериў мақсетинде бир қатар илажлар өткерилмекте.
Байрам мүнәсибети Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри полковник А.Темирханов хызмет ўазыйпасын атқарыў ўақтында қайтыс болған хызметкерлердиң перзентлерине спорт әнжамлары менен жумсақ ойыншықлар тапсырылды. Бул оларды айрықша қуўанышқа бөледи. Өз гезегинде хызмет ўазыйпасын атқарыў ўақтында қайтыс болған хызметкерлердиң ата-аналары, өмирлик жолдаслары айрықша итибар және ғамқорлығы ушын министрлик басшыларына миннетдаршылық билдирди.
Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети