Хызмет ўазыйпасына садық профилактика инспекторы министрлик тәрепинен хошаметленди.
Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Нөкис қалалық ишки ислер органлары жумысларын муўапықластырыў басқармасы 4-санлы ИИБ профилактика инспекторы А.Даўлетбаевқа Нөкис қаласында жасаўшы пуқара Н.Қ ислеген ҳуқықбузылығы бойынша топланган ҳүжжетлерди басты–басты етиў есесине 1500000 (бир миллион бес жүз мың) сом пулларды пара сыпатында усыныс еткен. Жағдай бойынша профилактика инспекторы А.Даўлетбаев министрлик басшыларына билдирги менен мүражат еткен. Билдиргиге тийкар, Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы ҳәмде Өзбекстан Республикасы ИИМ Өз қәўипсизлиги басқармасының Қарақалпақстан Республикасы бойынша бөлими хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив иләж даўамында, профилактика инспекторы А.Даўлетбаевтың хызмет ханасында пуқара Н.Қ пара сыпатында усыныс еткен 1500000 сом пуллардың 400 мың сом пулларды пара сыпатында профилактика инспекторы А.Даўлетбаевқа берип атырган ўақытында иләж қатнасыўшылары тәрепинен қолға алынған.
Жағдай бойынша, Өзбекстан Республикасы жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып ҳәзирги ўақытта тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
2021 жылдың 15-февраль күни, Нөкис қалалық Ишки ислер органлары жумыслары муўапықластырыў басқармасында, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри полковник А.Темирханов тәрепинен жоқарыда көрсетилген жағдайда, өзине жүклетилген ўазыйпасын шын кеўлинен атқарып, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, пуқаралар қаўипсизлигин тәмийинлеўде пыдакерлик пенен хызмет етип ишки ислер органы хызметкери деген атқа мүнәсип ҳәрекет еткени ушын, профилактика инспекторы А.Даўлетбаев 2 миллион сом муғдарында ақшалай хошаметленген болса оның анасына министрликтиң миннетдаршылығы ҳәмде саўғалар салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети