Нәўбеттеги көшпели қабыллаў Бозатаў районында болып өтти.
Бозатаў районында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы шөлкемлестирилиўинде Республиканың 4 сектор жуўапкерлери қатнасыўында карантин қағыйдаларына әмел еткен ҳалда көшпели қабыллаўлар болып өтти.
Көшпели қабыллаўға, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министириниң орынбасары полковник И.Ахмедов ҳәмде Қарақалпақстан Республикаси Ишки ислер министриниң мәсләҳәтшиси отставкадағы полковник О.Турдақовлар қатнасып, пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларды үйренип оларды шешиў илажлары көрилди.
Кабыллаў даўамында, районның Көксуў аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы 1960 жылда туўылған пуқара, Рамуза Разбекованың үй қурылысы жумысларыда жәрдем сорап еткен мүражаты бойынша районның 3 сектор баслығы тәрепинен әмелий жәрдем берилетуғын болды, сондай ақ, усы аймақта жасаўшы, Бахытбай Мамбетбаевтың жумыссызлық бойынша еткен муражаты унамлы шешилип, аймақтағы аўыллық шыпакерлик пункитине жумысқа жайласатуғын болды.
Буннан тысқары, районда кем тәмийинленген еки пуқараға пуқаралық паспортлары алыўында әмелий жәрдем берилип оларға пуқаралық паспортлары тапсырыды.
Көшпели қабыллаў шеңберинде, район жасларына спорт буйымлары ҳәмде әдебий китаплар тапсырылды.
Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети.