28 Ноябр 2020 jıl 1937

Саламат турмыс ушын 5000 қәдем

2020 жыл 28 ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020 жыл 30 октябрь күнги “Саламат турмыс тәризин кеӊ ен жайдырыў ҳәм ғалабалық спортты және де раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПП-6099-санлы Пәрманын орынлаў мақсетинде, “Саламат турмыс ушын 5000  қәдемсүрени астында акция шөлкемлестирилип, акция даўамында спорттың жүриў ҳәм веломарафон түрлери бойынша шынығыўлар өткерилди.
Спорт илажларына, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер, Дене тәрбиясы ҳәм спорт ислери министрлери, министр орынбасарлары, миллий гвардия, ден саўлықты сақлаў ҳәмде маҳалле ҳәм шаңарақты қоллап қуўатлаў министрлиги хызметкерли, ишки ислер органлары хызметкерлери шаңарақ ағзалары менен қатнасты.
Сондай ақ, Қарақалпақстан Республикасында хызмет сапары менен келген Өзбекстан Республикасы ишки ислер министрлигинен жуўапкер хызметкери Усаров Фаррух Мадаминович қатнасып азанғы дене шынығыўлары әмелге асырылды.
Спорт пенен шуғылланыў Қарақалпақстанлылар ушын күнделикли әдетке айланбақта

Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети.

 

Text to speech