Интернет тармақларында тарқалған жағдай бойынша мағлыўмат.
Усы жылдың 2 сентябрь күни саат 16:30лар шамасында Нөкис қаласында жасаўшы пуқара С.М. өзиниң инисине тийисли болған автотранспортты басқарып киятырып, Нөкис қаласы, Бериўний көшесиндеги пиядалар өтиў жолынан өтип баратырған, Нөкис қаласында жасаўшы 1962 жылы туўылған пуқара Ж.Гны қағып кетип жол транспорт ҳәдийсеси жүз берген. Автотранспорт басқарыўшысы пуқара Ж.Гға биринши жәрдем көрсетиўдиң шараларын көрместен ўақыя орнынан жасырыныўға ҳәрекет еткен. Бул жағдай бойынша тезлик пенен алып барылған жумыслар нәтийжесинде автотранспорт басқарыўшысы ишки ислер органлары хызметкерлери тәрепинен қолға алынған.
Жол транспорт ҳәдийсеси нәтийжесинде пуқара Ж.Г. дене жарақатын алып емлеўханаға жайластырылған.
Бул жағдай бойынша Нөкис қаласы Ишки ислер органлары жумысларын муўапықластырыў басқармасы жанындағы тергеў бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 266-статьясы 1-бөлими ҳәм 117-статьясы 1-бөлими менен жынаят иси қозғатылып тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети