Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги сайланды командасы биринши орынды ийеледи.
Усы жылдың 7-8 январь күнлери Өзбекстан Республикасы ИИМ Қарақалпақ академиялық лицейинде «14-январь Ўатан қорғаўшылары күни» байрамы мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикаси Ҳуқық қорғаў органлары хызметкери арасында спорттың волейбол түри бойынша Қарақалпақстан Республикасы «Динамо» дене тәрбия ҳәм спорт жәмийетиниң кубогы ушын жарыс болып өтти. Жарысқа жәми 12 команда қатнасып өз-ара беллести. Еки күн даўамында қызықлы болып өткен жарыс жуўмағында биринши орынды, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң сайланды командасы, 2-орынды Қарақалпақстан Республикасы бойынша Миллий гвардия басқармасы ал 3-орынды Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Патруль-пост хызмети ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасының командасы ийеледи.
Женимпазларды сыйлаў салтанатына, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары полковник И.Ахмедов ҳәм ишки ислер министриниң мәсләҳәтшиси отставкадағы полковник О.Турдақов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы бойынша Миллий гвардия басқармасы басшы хызметкерлери қатнасып, спортшыларды 14-январь Ўатан қорғаўшылары күни байрамы менен қутлықлады ҳәм женимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған кубок, медаль, ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды
Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети.